Байрам мүнасибети менен Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, район ҳәкими Айбек Тажетдиновлар 24-санлы көп тармақлы қанийгелестирилген МШБШне барып бақша тәрбияланыўшыларын 1-июнь Ҳалқаралық – балаларды қорғаў күни менен кўтлықлап, байрам саўғаларын тапсырды.

Илаж даўамында мийманлар район аймағындағы «Shimbay Golden park»де болып, байрам мүнәсибети менен жыйналған ата-аналар ҳәм балаларды бүгүнги байрам менен қутлықлады.