Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-98 санлы қарарына тийкар Шымбай районы аймағынан өтиўши республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 «Нөкис -Шымбай -Тахтакөпир» автомобиль жолыныӊ 58-63 км аралығында реконструкция жумыслары алып барылыўы белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылмақта.

Айтып өтиў орынлы, автомобиль жолында қурылыс жумыслары шеӊберинде жол тийкарын қурыў бойынша (основание автомобильной дороги) топырақ жумыслары, қум-щебень араласпасы, шағыл тас (щебень) төсеў ҳәм басқа да зәрүр илажлар әмелге асырылды. Сондай-ақ, реконструкция жумыслары шеӊберинде автомобиль жолы бойына пиядалар ушын саламатлық жолларын қурыў, түнги жақтыландырыў шырақларын, автомобиль жолын ажыратыўшы тосықларын орнатыў ҳәм басқа да қатар жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген болып, бул бағдарда салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Бүгинги күнде бир неше басқышлы асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта.

Жол салыўдай саўаплы, соныӊ менен бирге әдиўли ўазыйпаны атқарыўда жол тараўы хызметкерлериниӊ үлеси айрықша.