«Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларын көкилемзарластырыў жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда, жол бойларында жасыл аймақларды пайда етиў мақсетинде декоратив терек нәллерин отырғызыў жумыслары даўам еттирилмекте. Бунда можжевельник, шығыс туясы, япон сафорасы, катальпа, ясин, қайрағаш, тут, клён, акация, павлония, сексеўил, қара ағаш сыяқлы терек нәллери, сондай-ақ, қәлемше усылында да жергиликли тал ағашлары отырғызылып келинбекте.
Терек нәллери тийкарынан кәрхана питомнигинде жергиликли климатымызға сәйкеслестирилип, жетистириледи.

Айтып өтиў орынлы, автомобиль жоллары бойларыныӊ топырақлы участкалары тийкарынан жоқары дәрежеде шорланған аймақлар болып, терек нәллери отырғызылатын орынлар суў жолларына жақын жерлерден таӊлап алынбақта.

Дәслеп, шор топырақлы жоқары қатламы алып тасланып, аўдарып тегисленеди ҳәм терек нәллерин отырғызыў ушын таяр жағдайға келтириледи. Соӊ суўғарылып, нәллер егиледи.

Тийкарында шорланыў жоқары болған участкаларда декоратив нәллерди сақлап қалыў мақсетинде бир неше мәрте шайып суўғарыў жумыслары алып барылып атыр. Суў жеткерип бериў қыйын участкалар арнаўлы суў автомашиналары менен суўғарылады. Тахтакөпир районы орайлық автомобиль жолы бойларындағы тереклерге тамшылатып суўғарыў системасы арқалы суў жеткерип берилмекте.

«Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы жумысшылары бүгинги күнде терек нәллерине зәрүр болған күтимин жүргизиў менен бир қатарда гүзги егис мапазы ушын жаӊа жер участкаларын да таярлаў жумысларын алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети