Ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде автотранспорт қуралларында ҳәрекетленер екенсең, жол бойларында жол белгилери әҳмийетли ролди атқарады. Әсиресе, түнги ўақытларда нур қайтарыўшы жол белгилери бизлерди бираз сергекликке шақырады. Жолларда автотранспорт басқарыўшылары кәўипсиз ҳәрекетлениўди лазым көрсе жол бойларындағы жол белгилерине итибарлы болыўы талап етиледи. Жақында Елликқала районы аймағында бир қанша жол белгилери орнатылды. Атап айтқанда 353 дана ески жол белгилери жаңасына алмастырылды. Бунда жол белгилерин орнатыў ислери Елликқала районы ЖПУК тәрепинен әмелге асырылған болып, бул бағдардағы жумыслары еле даўам етпекте. Аймақларда абаданластырыў жумыслары даўам етпекте