Ҳәммемизге белгили, жақында Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы “Қаратаў” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерген еди. Онда бир қатар машқалалар сынға алынып, соның ишинде жол мәселеси бойынша да мүрәжатлар болды. Мүрәжатта “Қаратаў” МПЖ аймағына алып барыўшы 4Н-95 “А–380 автомобиль жолынан (690км)–Қаратаў карьери” автомобиль жолы хәм 4Н-15К “А–380 автомобиль жолынан (699км) – Қаратаў МПЖ” автомобиль жолында хәрекетлениўши аўыр жүк тасыўшы автотранспортлардын хәрекетлениўин тәртипке салыў хәм автомобиль жолларын оңлап бериў соралған. Әлбетте, мәмлектимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында жумыс алып барылып атырған бир дәўирде ҳеш бир мүрәжат итибарсыз қалмайды. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы, Әмиўдәрья районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хәм Қаратаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы қәнигелери менен атап өтилген жоллар үйренип шығылып, нәтийжеде жолдың қурылыс-оңлаў жумыслары ушын қаржы ажыратылыўы бойынша смета хүжжетлери ислеп шығылған. Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары комитетине усы жоллардың қурылыс-оңлаў жумыслары ушын зәрур болған қаржының ажыратылыўына Бас басқарма тәрепинен тийисли тәртипте усыныс хаты жиберилген. Әлбетте бунда сметада көрсетилген қаржы ажыратылса жумысты баслаў нәзерде тутылған.