Ишки жоллардың қурылыс-оңлаў ислери қайсы мәкеме яки кәрхана тәрепинен әмелге асырылады? Автомобиль жоллары бас баскармасынан айрықшалық тәризде өз алдына қандай жумыс атқарады?

Биз бүгин Қарақалпакстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы баслығы Бахадыр Балтабаев пенен республикамызда ишки жолларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлестик.

–   Бахадыр Елибаевич, Қарақалпакстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы қашан дүзилген ҳәм бул мәмлекетлик унитар кәрхананың атқаратуғын хызмети қандай? Мине, дәслеп усылар ҳаққында қысқаша мағлыўмат берип өтсеңиз.

–  Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2017-жыл 14-февральдағы ПҚ-2776-санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы шѳлкемлестирилген болып, жергиликли қала ҳәм район ҳәкимликлери балансындағы ишки жоллардағы қурылыс-оӊлаў жумысларына буйыртпашылық ўазыйпасын атқарыў белгиленген. Буннан соң 2018-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында толық енгизилип, өз искерлигин баслаған.

 

– Ҳеш кимге сыр емес, ишки жоллардың ислениўи барысында пайтахтымызда көплеген әмелий жумыслардың нәтийжелериниң гүўасы болғанбыз. Бул бир шеттен қараған адамға тек пайтахт көшелери ғана исленип атыр ма, деген ой пайда болыўы мүмкин. Усындай сын көзқарастағылар ушын не айта аласыз.  Улыўма Нөкис қаласынан тысқары районлар кесиминде алып барылған жумыслар ҳаққында тоқталып өтсеңиз?

 

– Қарақалпақстан Республикасында улыўма 8127,5 км ишки жоллар бар болып соннан кәрханамыз ѳз жумысын баслағанлы берли, көплеген жумыслар әмелге асырып келмекте. 2018–2022-жыллар аралығында жәми 2149,9 км жолларда қурылыс-оӊлаў жумысларына буйыртпашылық ўазыйпасы әмелге асырылды. Соннан сиз айтып өткендей, тек ғана районларды атап өтетуғын болсам, жәми 1973,7 км жоллардың қурылыс-оңлаў жумысларына буйыртпашылық хызмети ўазыйпасы әмелге асырылды.

 

– Бахадыр Елибаевич, өткен  2022-жылы жол қурылысы тараўына баҳа беретуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы ушын жүдә үлкен өзгерислерге бай болды.  Өткен жылдағы әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып берсеңиз?

 

–   Жүдә дурыс айтасыз.  Ҳақыйқатында да, ишки жоллардағы жүдә көп әмелий жумысларымыздың нәтийжелери көзге көринди. Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 727,6 км ишки жоллардағы қурылыс-оӊлаў жумысларына буйыртпашылық ўазыйпасы алып барылған болып, соннан 28,6 км бѳлегинде цементобетон, 68,9 км бѳлегинде асфальтобетон, 630,1 км бѳлегинде қум-шебень араласпасын жатқызыў жумыслары алып барылды. Бул өз-өзинен болған емес, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамындағы тапсырмалары, қалаберди Қарақалпақстанға деген үлкен итибарының, ғамхорлығының арқасында деп билемен.  Жасырып отырыўға қәжет жоқ, кеше ғана кебир ашып атырған көшелер, адам жүрип болмас, топырағы жердиң бетине шығып атырған көшелердиң қара қапламалы асфальт жолға айланыўы кимди болса да тәсирлендирмей қоймайды. Әлбетте, бунда үлкен мийнет жатыр. Тараў хызметкерлериниң күни-түни хызмет етиўи, бир минут ўақытты босқа жибермей ҳәрекет етиўи, былайынша айтқанда халықтың алғысын алыў аңсат нәрсе емес. Бул жумысларды көрип «Адам қолы гүл, маңлай тери нур», деген ибратлы сөз бийкарға айтылмағанын билип, тәсийин қаласаң.

 

 

– Мине, жаңа 2023-жыл есик қағып, босағадан атлап өтти. Усы 2023-жылда тараўдағы режелер ҳаққында қысқаша айтып өтсеңиз?

 

– Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына муўапық 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы 413,2 км ишки жоллардағы қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген болып, соннан 19,7 км цементобетон, 52,4 км асфальт, 341,1 км қум-щебень араласпасы, 5 дана кѳпирди қурыў ҳәм оӊлаў режелестирилген болып ҳәзирги ўақытта жумыслар баслап жиберилди ҳәм усы жылдың май айына жумысларды жуўмақлаў режелестирилген. Буннан тысқары абат аўыл ҳәм абат мәҳәлле бағдарламалары бойынша жумыс баслаў алдында турмыз.

 

– Жаңа жылда халқымызға тилеклериңиз?

 

Ҳалқымыз ушын кирип келген жаңа жыл ҳәммениң шаңарағына бахыт алып келген болсын. Елимиз тыныш, суўымыз мол болсын! Журтымызда бәрқулла парахатшылық, аўызбиршилик, тынышлық-қәтержамлық ҳүким сүриўин тилеймен.  Мәмлекетимиз жылдан-жылға раўажлана бергей! Жолларымыз рәўан ҳәм бийқәтер болсын!

 

Сәўбетлескен: Ө. Толыбаев.