Бүгинги күнде жол инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде тараўда бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Буған мысал ретинде көплеген ис-илажларды айтыўға болады. Әсиресе, пайтахтымыздағы гүзар жоллардағы жол ажыратыўшы тосықлар, бир неше светофорлар, түнги жақтыландырыўшы шырақлардың қурылыўы, булардың барлығы автокөлик басқарыўшылары ҳәм пиядалар ушын қолайлық жаратыўдай ийгиликли мақсет ушын хызмет етеди. Нөкис қаласында усындай ийгиликли ислердиң бири сыпатында ҚР ИИМ ЖҲҚБ тәрепинен светофорлардың орнатылып атырғанынан хабардар еткен едик. 4Р-176 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” жолының 0-1 км аралығында хәм 4К-37 автомобиль жолының 0,4 км.де жайласқан светофорлар заманагөй типте орнатылған болып, оларда арнаўлы түймеси бар ҳәм ол басылғаннан соң пиядалар өтиў ушын жасыл рең жанады. Ал, арнаўлы түйме басылмаса қызыл рең жаныў ҳалатында тура береди. Әлбетте, бундай светофорлар пиядалар ҳәм автокөлик басқарыӯшылары ушын жүдә қолайлы. Пуқаралардан және де соны сорап қалған болар едик, қала мәдениятын сақлаған ҳалда светофорлардан дурыс ҳәм орынлы пайдаланылса мақсетке муўапык болар еди.