Бүгинги күнде жол қурылысы тараўында Қарақалпақстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртыпашы хызмети МУК ишки жолларға буйыртпашылық хызметин атқарып келмекте. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына муўапық, 2023-жыл ушын режеге тийкар қала ҳәм районлардың ислениўи керек болған ишки жоллары белгилеп алынған.
Мине, бүгин Нѳкис қаласындағы ең шетки аймақлардан бири саналатуғын «Бес тѳбе» МПЖ аймағында ишки жоллардың қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Бул аймақта жәми 6,395 км ишки жоллар ислениўи керек болатуғын болса, соннан 2 кѳшеге (1,535 км) асфальт жатқызыў ҳәм 14 кѳшеге (4,860 км) қум-щебен араласпасын (ЩПС) жатқызыў жумыслары режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта жумыстың дәслепки басқышы әмелге асырылып, ойлы-бәлент болған кѳшелерди бир тегис ҳалатқа келтириў ис-илажлары кѳрилмекте.