Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасының кубласында жайласқан ҳәм шетки алыс районлардан саналған Төрткүл районында абаданластырыӯ жумыслары қызғын баслап жиберилген еди.

Бунда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын асырыў ис-илажалары ҳаққында”ғы 500-санлы қарары тийкарында районындағы 11 МПЖда жол қурылыс ислерин әмелге асырыў режеге киритилген болып, ҳәзирги ўақытқа келип, 34,800 км де топырақ жолларды тегислеў жумыслары жуўмақланды.

Бул жумыслардың избе-излиги бойынша қум-щебень араласпасын (ЩПС) жатқызыў жумыслары даўам еттирилмекте. Мине бүгин бир МПЖ аймағын жуўмақлап, екинши бир МПЖ аймағына өтилиўи де жумыслардың қызғын пәт пенен алып барылыӯының нәтийжеси десек, асыра айтқан болмаймыз.

Ҳәзирги ўақытта райондағы “Гүлистан” МПЖ ҳәм “Беруний” МПЖ аймақларының бир қатар көшелеринде жол қурылыс жумыслары даӯам етпекте.