Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында үлкен абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
Мине усындай көпшиликтиң алғысын алатуғындай ийгиликли басламалардың бири сыпатында ишки хожалық жолларында жол қурылысларының әмелге асырылыўын атап өтиўге болады.
Биз телеграм каналымыз арқалы бул райондағы ишки жоллардың мәҳәллелер кесиминде алып барылып атырған жумыслар жөнинде хабар берген едик. Бунда «Ёшлик», «Дўстлик», «Наўрыз», «Ибн Сина» МПЖлары ҳаққында көшелер тегисленип, бир қәлипке келтириўден баслап таныс болдыңыз.
Ал, ҳәзирги ўақытта «Гүлистан» ҳәм «Түркистан» МПЖ аймақларында қум-щебен араласпасын төсеў жумыслары алып барылмақта.