Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ишки хожалық жолларының қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болса, соның менен бирге, буған қосымша ретинде көпирлердиң де бар екенлигин атап өткен едик.
Алдын Тахтакөпир районында 1 көпир ҳам Төрткүл районында 1 пиядалар көпириниң қурылыс жумысларының басланғанлығы ҳаққында хабардар еткен болсақ, ал Төрткүл районында және бир пиядалар көпириниң қурылыс жумыслары әллеқашан баслап жиберилди.
Бул көпир райондағы «Уллыбағ» АПЖ аймағындағы 11-бөлимде жайласқан болып, аймақ турғынларына қолайлық жаратыў мақсетинде Бағжап каналына қурылмақта.