Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги 500-санлы қарарына тийкар Бозатаў районындағы бир қатар аўыл көшелеринде ишки жолларды қумлы-тас араласпалы қапламаға өткериў жумыслары алып барылмақта.

Қарар шеңберинде усы жылда 1 млрд 215 млн сум болған жәми 6 км ишки топырақ жолларды, соннан, “Көк-суў” АПЖ аймағында “Мақсым” аўылы, “Бағлы ел” аўылы, “Қақлықум” аўылы ишки көшелерин қум-тас араласпалы қапламаға өткериў жумыслары режелестирилген. Бүгинги күнде “Көк-суў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.