Администрация
Бас инженер:
Ерназаров Юсуп Қурбанбаевич
+99861 225 12 60
+99861 225 12 75
qoraqalpoqavtoyul@info.uz
Қабыллаў күнлери:
Ҳәр пийшенби: 15:00 — 17:00
– Қарақалпақстан Республикасы аймағында улыўмапайдаланыўдағы автомобиль жоллары тармағын Өзбекстан Республикасы «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы нызамында белгиленген тәртипте сақлаў ҳәм пайдаланыўды шөлкемлестириў, нызамға әмел етилиўин тәмийнлеў;
– Улыўмапайдаланыўдағы автомобиль жоллары системасын раўажландырыў ҳәм жетилистириў, автомобиль жолларын оӊлаў, қурыў ҳәм қайта қурыўда жоқары нәтийже беретуғын режелерди дүзиўди шөлкемлестириў;
– Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары айцмақлық бас басқармасы ўәкили сыпатында жол тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, ислеп шығарыўдағы жүзеге келип атырған машқалаларды кеӊ жәмийетшилик пенен шешиўде, Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары комитети буйрық ҳәм тапсырмаларыныӊ орынланыўын әмелге асырыў, төменги кәрханалар ҳәм баскарма бөлимлеринде орынланыўын қадағалаў;
– Басқарма системасындағы жол хожалығы кәрханаларын жол қурылыс материаллары ислеп шығарыў базаларында режелерди орынлаў, техника қәўипсизлиги, мийнетти қорғаў, орынлаў ҳәм мийнет мийнет интизамына әмел етилиўин қадағалаў;
-Автомобиль жолларын қурыў, оӊлаў ҳәм саклаў жумысларыныӊ толық орынланыўы, материаллар сертификатланғанлығы, хызметлер лицензияланғанлығы, норматив ҳүжжетлер тийкарында орынлаў ҳүжжетлери жүритилиўин қадағалаў ҳәм объектлерди пайдаланыўға тапсырыў ушын исши ҳәм мәмлекетлик комиссия қурамында катнасыў ҳәм баскалардан ибарат.