Нөкис-Хожели автомобиль жолында қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта
Республикалық әҳмийеттеги 4 Р-174 автомобиль жолының 4-11-км аралығында қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хызметкерлери автомобиль жолында реконструкция жумысларының сапалы жүргизилиўинде қызғын мийнет етпекте. Айтып өтиў орынлы, 4 Р-174 автомобиль жолы Әмиўдәрья дәрьясының оң жағалығы ҳәм шеп жағалығын байланыстырыўшы тийкарғы жоллардан есапланады. Буннан алдын 4-Р 176 автомобиль жолынында реконструкция […]
Министр ҳәм жаслар ушырасыўы
Төрткүл районы Төрткүл медицина колледжинде “Министр ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары комитети баслығының орынбасары О.Жуманиязов, Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобеновлар қатнасты. Өткерилген илажда комитет көлеминде әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ис-режелер ҳаққында сөз етилип, жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Өзбекстан-Туркия
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы тәрепинен Туркия-Өзбекстан «СИНОТУРК» қоспа кәрханасында ислеп шығарылған еки дана заманагөй өзи аўдаратуғын (самосвал) жүк автомашинасы Төрткүл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына берилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-апрельде қабыл етилген «Мәмлекетлик органлар ҳәм кәрханаларын жеңил коммерциялық автотранспорт қураллары, арнаўлы ҳәм аўыл хожалық техникалары менен тәмийнлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы […]
Қайта қурыў жумыслары алып барылмақта.
4Р 176 А автомобиль жолының 0-10 кмлери арасында қайта қурыў жумыслары алып барылып, автомобиль жолы кеңейтилмекте. Быйылғы жылда жолдын усы аралығында қайта қурыў жумысларын алып барыў ушын 15 млрд сум қаржы ажыратылған болса, бүгинги күнге шекем 1 млрд 970 млн сумнан артық қаржы колеминде қайта қурыў жумыслары алып барылды. Қурылыс жумыслары қызғын түрде даўам еттирилмекте.