СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши карханаларда бəнтлиги тəмийнленбеген жасларды жумыс пенен тамийнлеў бойынша каламызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. 2023 жылдың 1 март жағдайына каламыздын аймағында 7888     хожалық журитиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери […]

Төрткүлде пиядалар ушын көпир қурылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ишки хожалық жолларының қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болса, соның менен бирге, буған қосымша ретинде көпирлердиң де бар екенлигин атап өткен едик. Алдын Тахтакөпир районында 1 көпир ҳам Төрткүл районында 1 пиядалар көпириниң қурылыс жумысларының басланғанлығы ҳаққында хабардар еткен болсақ, ал Төрткүл районында және […]

Төрткүл районындағы абаданластырыў жумысларынан

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында үлкен абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Мине усындай көпшиликтиң алғысын алатуғындай ийгиликли басламалардың бири сыпатында ишки хожалық жолларында жол қурылысларының әмелге асырылыўын атап өтиўге болады. Биз телеграм каналымыз арқалы бул райондағы ишки жоллардың мәҳәллелер кесиминде алып барылып атырған жумыслар жөнинде хабар берген едик. Бунда «Ёшлик», […]

Абат мәнзиллер

Бир неше күн алдын мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында Төрткүл районында абаданластырыў жумыслары басланған еди. Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында, қалаберсе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы басламасы менен әйне усы қарарлардың орынланыў жөнинде қубла районлардың ең шетки аймақларында жумыс алып барыў нәзерде тутылған. Бүгин бул мәнзиллерде топырақ […]

ДАҒАЗА!

Автотранспорт басқарыўшылары ҳәм пиядалар дыққатына!Бүгинги күнде жол қурылысы тараўында халықаралық, республикалық ҳәм жергиликли әҳмийеттеги, сондай-ақ ишки хожалық жолларының жумыслары басланбақта. Жолларда жол қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы, жол белгилериниң орнатылыўы, жоллардың ҳәм де көпирлердиң ўақты-ўақты менен жабылыўы ҳәм ашылыўы ҳаққында бирден-бир хабардар етиўши каналымызға ағза болың. Төмендеги силтемелерге ағза болыў арқалы жаңалықларды гүзетип барыўыңыз мүмкин.Telegram: https://t.me/qaraqalpaq_avtojol […]

Төрткүлде жумыслар қызғын

Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасының кубласында жайласқан ҳәм шетки алыс районлардан саналған Төрткүл районында абаданластырыӯ жумыслары қызғын баслап жиберилген еди. Бунда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын асырыў ис-илажалары ҳаққында”ғы 500-санлы қарары тийкарында районындағы […]

Қарардың орынланыўы әмелде

Биз каналымыз арқалы Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына муўапық, 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы кѳпирлерди қурыў ҳәм оӊлаў жумыслары басланғанлығы ҳаққында хабар берген едик. Бүгин усы қарардың орынланыўын тәмийинлеӯ мақсетинде және бир көпирдиң қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бул көпир Төрткүл районы «Уллыбағ» АПЖ аймағында жайласқан Бозжап каналына пиядаларға қолайлық жаратыӯ ушын жаңадан қурылмақта. Мағлыўмат […]

Барлығы пуқараларымызға қолайлық жаратыӯ мақсетинде

Бүгинги күнде жол инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде тараўда бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Буған мысал ретинде көплеген ис-илажларды айтыўға болады. Әсиресе, пайтахтымыздағы гүзар жоллардағы жол ажыратыўшы тосықлар, бир неше светофорлар, түнги жақтыландырыўшы шырақлардың қурылыўы, булардың барлығы автокөлик басқарыўшылары ҳәм пиядалар ушын қолайлық жаратыўдай ийгиликли мақсет ушын хызмет етеди. Нөкис қаласында усындай ийгиликли ислердиң бири сыпатында ҚР […]

Дәслепки қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди

Бүгинги күнде жол қурылысы тараўында Қарақалпақстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртыпашы хызмети МУК ишки жолларға буйыртпашылық хызметин атқарып келмекте. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына муўапық, 2023-жыл ушын режеге тийкар қала ҳәм районлардың ислениўи керек болған ишки жоллары белгилеп алынған. Мине, бүгин Нѳкис қаласындағы ең шетки аймақлардан бири саналатуғын «Бес тѳбе» МПЖ аймағында ишки жоллардың […]