ЖОЛ ҚУРЫЛЫСЫ ТАРАЎЫНДА ИШКИ ЖОЛЛАР ДА ҮЛКЕН ӘҲМИЙЕТКЕ ИЙЕ
Ишки жоллардың қурылыс-оңлаў ислери қайсы мәкеме яки кәрхана тәрепинен әмелге асырылады? Автомобиль жоллары бас баскармасынан айрықшалық тәризде өз алдына қандай жумыс атқарады? Биз бүгин Қарақалпакстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы баслығы Бахадыр Балтабаев пенен республикамызда ишки жолларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлестик. – Бахадыр Елибаевич, Қарақалпакстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети […]
МҮРӘЖАТЛАР ИТИБАРДА
Ҳәммемизге белгили, жақында Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы “Қаратаў” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерген еди. Онда бир қатар машқалалар сынға алынып, соның ишинде жол мәселеси бойынша да мүрәжатлар болды. Мүрәжатта “Қаратаў” МПЖ аймағына алып барыўшы 4Н-95 “А–380 автомобиль жолынан (690км)–Қаратаў карьери” автомобиль жолы хәм 4Н-15К “А–380 автомобиль жолынан (699км) […]
ЕЛЛИКҚАЛАДА ЖОЛ БЕЛГИЛЕРИ ЖАҢАЛАНБАҚТА
Ҳәммемизге белгили, бүгинги күнде автотранспорт қуралларында ҳәрекетленер екенсең, жол бойларында жол белгилери әҳмийетли ролди атқарады. Әсиресе, түнги ўақытларда нур қайтарыўшы жол белгилери бизлерди бираз сергекликке шақырады. Жолларда автотранспорт басқарыўшылары кәўипсиз ҳәрекетлениўди лазым көрсе жол бойларындағы жол белгилерине итибарлы болыўы талап етиледи. Жақында Елликқала районы аймағында бир қанша жол белгилери орнатылды. Атап айтқанда 353 дана ески […]
Мийнет кодексиниң мазмун мәнисине арналған семинар болып өтти
Усы жылдың 11-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун мәнисине арналған семинар болып өтти. Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери орынбасары Зухра Ибрагимова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, сенаторлар, депутатлар, министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары соның менен бирге студент жаслар қатнасты. Семинарда жаңа редакциядағы Мийнет […]
ЖОЛ БОЙЛАРЫНА ТЕРЕК НӘЛЛЕРИ ЕГИЛМЕКТЕ
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 15-ноябрьдеги тийисли бийлигине тийкар, 2022-жыл гүз мәўсиминде, халықаралық әҳмийеттеги 13,3 километр автомобиль жоллары бойына 17 855 дана, республикалық әҳмийеттеги 5,57 километр автомобиль жоллары бойына 9 470 дана, жергиликли әҳмийеттеги 4,0 километр автомобиль жоллары бойына 2 675 дана жәми 30 000 дана ҳәр түрдеги, атап айтқанда, 88 дана шығыс туясы, 3 […]
МҮРӘЖАТЛАР ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ
Нөкис қаласы «Ақ жағыс» МПЖ «Устюрт» көшесиниң бир топар турғынларынан 2022-жыл 14-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси арқалы жоллаған Ш-356 санлы мүрәжатында «Ақ жағыс» МПЖ «Устюрт» көшесине асфальт қапламасын тѳсеўде әмелий жәрдем соралған. Оннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының телеграмм @kkavtojol_bot мәнзилине де келип түскен еди. Усы мүражаттың үйренилиў нәтийжеси бойынша төмендегилерди мәлим […]
Ҳуқықый түсиник берилди
Пуқаралардыӊ ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, нызамлардыӊ турмыста сәўлелениўи ҳәм қабыл етилген норматив-хуқықый ҳүжжетлер мазмунын түсиндириў бойынша орынларда үгит-нәсият илажлары алып барылып келинбекте. Жақында Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы юристконсульты П.Самендеров ҳәм районлық ишки ислер бөлими қәнигелери менен биргеликте Шымбай районы «Гүлистан» ҳәм «Тазғара» МПЖ ларда мәҳәлле белсендилери қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди. Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан […]
Нөкис қаласыныӊ турақлы халық саны қанша?
Қарақалпақстан Республикасы пайтахты Нөкис қаласының турақлы халқының саны 2022- жыл 1- апрель жағдайына 330, 7 мың адамды қурап, 2022- жыл басынан 1, 7 мың адамға йәки 0, 5 % ке өскен. Бул ҳаққында Нөкис қаласы статистика бөлими хабар берди. 2022-жылдың январь-март айларында Нөкис қаласында 1, 8 мың бала туўылған болып, сәйкес түрде туўылыў коеффициенти 1000 […]
Жол бойларындағы терек нәллери тамшылатып суўғарылмақта
«Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларын көкилемзарластырыў жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда, жол бойларында жасыл аймақларды пайда етиў мақсетинде декоратив терек нәллерин отырғызыў жумыслары даўам еттирилмекте. Бунда можжевельник, шығыс туясы, япон сафорасы, катальпа, ясин, қайрағаш, тут, клён, акация, павлония, сексеўил, қара ағаш сыяқлы терек нәллери, сондай-ақ, қәлемше усылында да жергиликли тал […]
Халықаралық автомобиль жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылмақта
Ҳаўа температурасы көтерилиўи менен автомобиль жолларында қурылыс-оӊлаў жумысларына да пәт ендирилген. Бунда улыўма пайдаланыўдағы жолларда жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў, қапламаларды тиклеў бойынша участкалардағы ой-шуқырларға сәйкес оӊлаў жумыслары алып барылады. Беруний районы аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 625-629-км аралығында Беруний РЖПУК тәрепинен асфальт төселип атыр. Буннан алдын усы автомобиль жолыныӊ 631-632-км аралығында […]