18 215 түп терек нәли улыўмапайдаланыўдағы автомобиль жолллары бойларына отырғызылды

2022-жыл бәҳәр мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларында жасыл аймақларды пайда етиў, көкилемзарластырыў илажлары шеӊберинде «Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен тийисли жол картасы белгилеп алынған болып, бүгинги күнде бәҳәрги егис жумыслары қызғын алып барылып атыр. Быйылғы жылда соннан 23 800 метр аралықта 18 215 түп терек нәли отырғызылған болып, автомобиль жоллары қатнаў бөлиминиӊ топырақ […]

Кегейлиши пуқараныӊ мүрәжаты өз шешимин тапты

Жақында Өзбекистан Республикасы кәсиплик аўқамы федерациясыныӊ «Ҳаял-қызлар мүрәжаты» бойынша 1211 исеним телефонына Кегейли районы Жүзим бағ АПЖ Қос қала көшеси турғыны Авезова Гулноза мүрәжат еткен еди. Келтирилген мүрәжатта 4 Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолына жаӊадан бәндирги орнатыў мәселеси сөз етилген болып, Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолыныӊ 25,5-км ҳәм 25,6-км лерине жаңадан 2 […]

Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўды өткериў процесслери ҳәм дәстлепки нәтийжелери бойынша

Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў процесслери төмендеги басқышларда әмелге асырылды: 2021-жыл 1-5-ноябрь күнлери халықты сынаў тәризинде дизимге алыў ушын арнаўлы ислеп шығылған хабар системасы жәрдеминде Интернет тармағы арқалы дизимге алынды. Бул хабар системасында тек-ғана сынаў өткерилиўи белгиленген аймақларда емес, Республикамыздың барлық аймақларында жасаўшы ҳәм басқа мәмлекетлерде ўақтынша болып турған республикамыз пуқаралары ушын ҳәм системаға кирип, […]

«Қолласқан жүк жерде қалмас»
ямаса Шымбайда қандай жумыслар әмелге асырылып атыр?

Шымбай районындағы «Таза жол» аўыл пуқаралар жыйыны «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилген еди. Бул бойынша тийисли мәкеме-шөлкемлер менен биргеликте халықтыӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ күнделикти турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте. Аймақ шәраятын жақсылаўда Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы да өз үлесин қосып атырған болып, аўыллық ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша […]

Мүрәжатқа мүнәсибет

Қар жаўыўы күшейип атырған ўақытта, қардан тазалаў, қум-дуз араласпасын себиў оғада әҳмийетли есапланады. Бундай ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен бас басқарма системасындағы аймақлардағы кәрханалардыӊ зәрүр болған барлық техника ҳәм арнаўлы бригадалары мобилизация етилип, қардан тазалаў жумыслары қызғын алып барылады. Қала ҳәм районлар аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары (бас көше, ҳәм трассалар) Бас […]

Ел ағасы Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бойынша қандай пикир билдирген еди?

Қарақалпақстан Автомобиль жоллары тарийхы бойынша айырым пикирлер Ел ағасы, ҳүрметли нураный, сиясий-жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камалов өзиниӊ еске түсириўлери жыйнағы болған «Ел хызметинде» китабында республикамыздағы тийкарғы автомобиль жоллары қурылысы бойынша пикир билдирген. Китаптыӊ (Үшинши басылым) 17-бетинде төмендегише сөз етиледи. «1956-жылдыӊ июнь айынан 1958-жылдыӊ июнь айына шекем Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль транспорты ҳәм тас жоллары министри болып иследим. […]

Нөкистеги «аўыр аймақ» көшелери оӊланып атыр

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылған еди. Быйылғы жылда усындай аймақлар қатарына республикамыз бойынша 100 ден аслам аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары киргизилип, мәмлекетлик бағдарлама тийкарында аймақлардыӊ ишки хожалық жоллары оӊланыўы режелестирилип алынды. Усы тийкарда Нөкис қаласы аймағындағы «Жаңа базар» ҳәм «Шымбай […]

Барлық автотранспорт басқарыўшылары дыққатына!

Қарақалпақгидомет мағлыўматларына бола бүгин күнниң екинши ярымында қубла аймакларда аз муғдарда жаўын-шашын (жаўын,қар) болыўы күтиледи. Ал, 22-январь сәнесинде де ҳаўа алағат бултласып, түнги ўақытлары азлы-кем қар жаўыўы күтилиўи мәлим етилди. Қыс күнлери ушын тән болған қарлы-қыраўлы күнлерде автомобил жолларында автомашина ҳәм ҳәр қыйлы транспорт қураллары менен ҳәрекет етиўде машқалалар жүзеге келеди. Усындай ўақытларда автомобил жолларына […]

Жол жабылады!

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы Тақыятас районы аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 777,7-км деги Нөкис-Хожели жөнелисиндеги бир тәреплеме ҳәрекетти тәмийнлеўши оӊ тәрепте жайласқан көпирде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы ўақтынша жабылатуғынлығын ескертеди. А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ усы участкасында транспорт ҳәрекети екинши тәреп Хожели-Нөкис жөнелисиндеги автомобиль жолы арқалы тәмийнленеди. Қарақалпақстан Республикасы […]

Барсакелмеске барып келген жолшылар

Кеше ҳаўа райы өзгерип, себелеп баслаған жаўын изин ала қарға айланды. Үстирттиӊ үстинде қуйрығын қыраў шалған қулан менен дүз аӊлары да жаўрап, тығыларға пана излеп атырған ўақытта Қарақалпақстан сорамыныӊ бир шетинде қарлы күнде музғалаққа қарсы Қоӊыратлы жолшылар жеӊ түринип жумысқа атланды. Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолынан баслап улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында автомашина ҳәм […]