Шоушенктен қашыў, ямаса жол астынан қандай туннель қазылып атыр?
Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 Б (Дәрбент көшеси) автомобиль жолында суў тармағын өткериў ушын жеке сектордағы кәрханаға Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм басқа бир қатар мәкеме-шөлкемлер тәрепинен тийисли тәртипте ордер берилген еди. Сондай-ақ, кәрхана Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасынан техникалық шәрт (тех условия) алған түрде, белгиленген тәртипте қазыў жумысларын алып барыўы тийис еди. Еди… тилекке […]
Колодец қақпағы қайда?
Бүгинги күнде автомобиль жолларында ҳәр қыйлы суў тармақлары қудықлары қақпақларыныӊ алып кетилиўи, буныӊ ақыбетинде автомобиль жолларында авария қәўпи жүзеге келип атырғаны ҳаққында хабарлар жийи-жийи тарқалып атыр. Суў қудығы қақпақлары жолшылар яки басқа жуўапкер мәкемелер айыбы менен өз орнында жойтылып атырған жоқ. Сыр емес, қудық қақпақлары белгисиз шахслар тәрепинен урлап кетилмекте. Буны ҳәммемиз билсек те айыпты […]
Транспорт тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтын шөлкемлестириў жойбары додалаўға қойылды
Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары порталында «Транспорт тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў ҳәмде илимий ҳәм инновациялық жумыс алып барыў системасын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында» Министрлер Кабинетиниӊ қарары жойбары жәрияланды. Усы ҳүжжетке муўапық Өзбекстан Республикасы Транспорт Министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясыныӊ Өзбекстан Республикасы Транспорт […]
Ишки хожалық жоллары ушын ким жуўапкер?
2007-жыл 2-октябрьде «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген болып, онда Өзбекстан Республикасы, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы автомобиль жоллары, олардыӊ эксплуатация жумысларыныӊ алып барылыў тәртиби ҳәм басқа да мәселелер сөз етилген. Усы нызамныӊ 10-статьясында «Қалалар ҳәм басқа халық жасаў пунктлериниӊ көшелери қалалар, қала посёлкалары, аўыллар шеӊберинде болады, усы көшелердиӊ Өзбекстан Республикасыныӊ улыўма пайдаланыўдағы […]
Barlıq avtotransport basqarıwshıları dıqqatına!
Respublikamız aymaǵında qarlı-qırawlı kúnler baslanıwı menen avtomobil jollarında avtomashina hám hár qıylı transport quralları menen háreket etiwde mashqalalar júzege keledi. Bunday waqıtlarda avtomobil jollarına qum-duz aralaspası sebilip, jollardı qardan tazalaw ilajları alıp barılǵannan soń transport quralların basqarıw usınıs etiledi. Sonday-aq, avtomobil jollarında háreket etiwde aralıqtı saqlaw, transport quralın belgilengen tezlikten asırmaw hám áste háreket etiw, […]
Awır aymaq kóshesi asfaltlandı
Jaqında Beruniy rayonında «Abat awıl» hám «Abat máhálle» mámleketlik baǵdarlaması sheńberinde ishki xojalıq jollarındaǵı qurılıs-ońlaw hám abadanlastırıw jumısları alıp barılıp atırǵanı hám bul baǵdarda 2 kóshe jańadan asfaltlanǵanı (https://t.me/qaraqalpaq_avtojol/1663) haqqında xabar bergen edik. Beruniy rayonı jollardan paydalanıw unitar kárxanası tárepinen rayon aymaǵındaǵı ishki jollar mámleketlik baǵdarlamalar, sonday-aq, investicialıq joybarlar sheńberinde basqıshpa-basqısh ońlanıp atır. Sonday-aq, Qaraqalpaqstan […]
Көпир жаңадан пайдаланыўға тапсырылды
Өзбекстан Республикасы Транспорт прокуроры Маъруфхон Ходжаев Шоманай районына келип, қайта қурыў жумыслары алып барылған көпир менен жақыннан танысты. Рәсмий сапар даўамында көпирдиң ашылыў мәресими болып өтти. Онда Аралбойы транспорт прокуроры әдиллик мәслаҳатшысы С.Даулетов, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри С.Сапаров, Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров, Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм тараў ўәкиллери қатнасты. Өзбекстан […]
Ағаш базар алдындағы көше асфальтланып атыр
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылып, күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде ишки-хожалық жолларын оӊлаў белгилеп алынған еди. Усы тийкарда Нөкис қаласы Жеке терек МПЖдағы “60 жыллық” көшесине тийисли қаржылар бағдарланған болып, Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселип […]
Мойнақтыӊ бир катар ишки хожалық жоллары оӊланды
Республикамыздыӊ алыс аймақларыныӊ бири болған Мойнақ районы халқыныӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ абадан турмыс кешириўин тәмийнлеў, мүшкилин жеӊиллетиў ҳәм машқалаларын шешиў жолында ийгиликли жумыслар әмелге асрылып атыр. Айтып өтиў орынлы, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша райондағы Бозатаў, Ҳәким-ата, Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки хожалық жоллардында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы […]
Берунийдеги Кат көшеси 2 полосалы жолдан 4 полосалы жолға айландырылып атыр
Беруний районы аймағындағы Кат көшеси реконструкция обьекти сыпатында режеге киргизилген болып, бүгинги күнде қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етпекте.Алдын 2 полосалы, ени 6 метр болған автомобиль жолы кеӊейтилип, 4 полосалы, ени 15 метрли жолға айландырылып атыр. Жойбар сметада 5,2 км автомобиль жолы қайта қурылыўы белгиленген ҳәм ҳәзирги ўақытта жолдыӊ 2,5 км бөлегинде қурылыс-оӊлаў жумыслары Беруний районы жоллардан […]