«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары әмелде
Қанлыкөл районы аймағында мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде қурылыс оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары қызғын түрде алып барылмакта. Райондағы «Жайҳун» ҳәм Қанлыкөл АПЖ аймақларындағы жумыслар бойынша Қарақалпақстан телеканалы арқалы берилген репортажда кеӊирек сөз этиледи. https://www.youtube.com/watch?v=nx_FGXn-vGI
Мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта
Шоманай районы Айбүйир мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Сарманбайкөл аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында Өзбекстан Республикасы Президенетиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар алып барылып атыр. https://www.youtube.com/watch?v=fo2Fec8aE9M
Төрткүл районында халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолы асфальтланбақта
Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 552-604-км. аралығыныӊ эксплуатация жумыслары, күнделикли оӊлаў, сақлаў жумыслары Төрткүль районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Усы жолдыӊ 589,9-590,7-км.лери бүгинги күнде оӊлаўға мүтәж жағдайға келип қалған болып, кәрхана тәрепинен усы жылдыӊ март айынан баслап, оӊлаў жумыслары баслап жиберилген еди. 2021-жыл ушын күнделикли оӊлаў жумысларына ажыратылған қаржы есабынан […]
Халықаралық байланысларды жетилистириўде автомобиль жолларының әҳмийети оғада үлкен.
Усы жылдың 12-июль күни Қоңырат районында халықаралық әҳмийетке йие А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумысларының басланыўына арналған презентациясы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, Қоңырат районы ҳәкимлиги жуўапкер ўәкиллери, […]
Шоманайда Әмир Темур көшесине жаӊадан асфальт төселди.
Шоманай районы орайындағы Жаӊабазар МПЖ аймағында жайласқан Әмир Темур көшесинде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, ишки хожалық жолы тегисленди ҳәм қара қаплама төселди. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламалары орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Шоманай районында бир қанша жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда Айбүйир МПЖ аймағындағы 4,6 км. ишки хожалық жолында оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген […]
Мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде ўазыйпалар белгилеп алынды
Шоманай районы Айбүйир мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеўге арналған көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов қатнасты. Сондай-ақ, өткерилген илажда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, […]
Хожели районы көшелери тегисленип атыр
Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен бүгинги күнде район аймағындағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәкан” бағдарламаларына киргизилген көшелерде оӊлаў жумыслары қызғын түрде алып барылмақта. Атап айтқанда Наўрыз АПЖ аймағындағы 14 көшеде оӊлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. АПЖ аймағындағы Қыят ҳәм Мақтумқулы көшелеринде тегислеў ҳәм асфальт асты грунт жумыслары жуўмақланып, асфальт төсеў ушын таяр жағдайға […]
«Абат аўыл» ҳәм «Абад мәкан» бағдарламалары әмелде
Қаратаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Төрткүл районы аймағында «Абат аўыл» ҳәм «Абад мәкан» бағдарламалары тийкарында автомобиль жоллары ҳәм ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Жақында Беруний МПЖ аймағындағы «Севинч», Мустақыллық МПЖ аймағындағы Х.Алимжанов, Истиқлол МПЖ аймағындағы «Заманжаш» ҳәм Марзаобот МПЖ аймағындағы Ш.Рашидов көшелеринде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылды. Оӊлаў жумыслары шеӊберинде жоллар ЩПС […]
Жол сызылмалары жаӊаланбақта.
А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 698-717 км. аралығында жол сызылмалары жаӊаланып атыр. Жол транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў, сондай-ақ, автомашиналардыӊ емин-еркин қәўипсиз ҳәрекет етиўи ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел еткен түрде транспортты басқарыўында жол белгилери менен бир катарда жол сызылмаларыныӊ да әҳмийети үлкен есапланады.
Қоӊырат районы орайындағы Қарақалпақстан көшеси кеӊейтилмекте
Қоӊырат районы орайынан өтиўши 4Н-36 автомобиль жолы алдын бир тәреплеме ҳәрекет етилиўши 2 полосалы 2 автомобиль жолына ажыратылған еди. Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, кеӊейтиў жумыслары жүргизилмекте. Басқарманыӊ Техникалық қадағалаў бөлими бас қәнигеси Фархад Мадияровтыӊ хабарына бола бүгинги күнде 4Н-36 жолы ени 7,5 м. ҳәм 9 […]