Министр ҳәм жаслар ушырасыўы
Төрткүл районы Төрткүл медицина колледжинде “Министр ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары комитети баслығының орынбасары О.Жуманиязов, Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобеновлар қатнасты. Өткерилген илажда комитет көлеминде әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ис-режелер ҳаққында сөз етилип, жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Өзбекстан-Туркия
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы тәрепинен Туркия-Өзбекстан «СИНОТУРК» қоспа кәрханасында ислеп шығарылған еки дана заманагөй өзи аўдаратуғын (самосвал) жүк автомашинасы Төрткүл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына берилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-апрельде қабыл етилген «Мәмлекетлик органлар ҳәм кәрханаларын жеңил коммерциялық автотранспорт қураллары, арнаўлы ҳәм аўыл хожалық техникалары менен тәмийнлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы […]
Қайта қурыў жумыслары алып барылмақта.
4Р 176 А автомобиль жолының 0-10 кмлери арасында қайта қурыў жумыслары алып барылып, автомобиль жолы кеңейтилмекте. Быйылғы жылда жолдын усы аралығында қайта қурыў жумысларын алып барыў ушын 15 млрд сум қаржы ажыратылған болса, бүгинги күнге шекем 1 млрд 970 млн сумнан артық қаржы колеминде қайта қурыў жумыслары алып барылды. Қурылыс жумыслары қызғын түрде даўам еттирилмекте.
Халықаралық әҳмийеттеги А-380 автомобиль жолының 753-765 километрлеринде реконструкция жумыслары алып барылмақта
Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен халықаралық әҳмийетке ийе А380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 753-765 километрлери аралығында (Нөкис қаласына кириў белгиси жанында) қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Бул 753-765 километрлери (765 кмдеги жол кесиспесин қурыў менен) соннан 753-757 км (оң тәреп), 757-765,3 (жол кесиспеси ҳәм жол өткизгиш) километрлери аралығында қайта қурыў жумыслары алып барыў […]