


| Сәне: | Сентябр, 2021 |
| Қылынған ис: | А380 автомобиль жолының 753-765 километрлери аралығында қайта оңлаў жумыслары |
Қайта оңлаў жумыслары алып барылды
Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен халықаралық әҳмийетке ийе А380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 753-765 километрлери аралығында (Нөкис қаласына кириў белгиси жанында) қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр.
Бул 753-765 километрлери (765 кмдеги жол кесиспесин қурыў менен) соннан 753-757 км (оң тәреп), 757-765,3 (жол кесиспеси ҳәм жол өткизгиш) километрлери аралығында қайта қурыў жумыслары алып барыў режелестирилген болып, жойбардың улыўма баҳасы 62,5 млрдқа жақын суммада баҳаланған. Соннан быйылғы жыл ушын 15,5 млрд сум қаржы көлеминде қайта қурыў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, бүгинги күнде 4 миллиардтан аслам қаржы көлеминде жумыслар әмелге асырылды.