



| Сәне: | Июнь, 2021 |
| Қылынған ис: | Узынлығы 72 м. улыўма баҳасы 342 млн сўм болған пиядалар кѳпири қайта қурылды |
Тахтакөпирде 342 млн сўмлық көпир қурылды
Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында 184 шаңарақта 1068 пуқара жасап атырған болып, аймақ турғынларының “Бозжап” каналынан өтиўи ушын узынлығы 72 м. улыўма баҳасы 342 млн сўм болған пиядалар кѳпири қайта қурылды.
Буннан тысқары, аймақта “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Тахтакөпир районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен TQK122 орайлық кѳшеси – 4500 м. аралығына ЩПС араласпасы жатқызылып, асфальт тѳсеў жумыслары алып барылмақта. 1355 м. аралыққа лоток орнатылып, бетоннан узынлығы 2238 м. пиядалар жолы қурып питкерилди.
Аймақта Тахтакөпир районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен асфалть төсеў жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта.