Қоӊырат районы орайындағы Қарақалпақстан көшеси кеӊейтилмекте

Қоӊырат районы орайынан өтиўши 4Н-36 автомобиль жолы алдын бир тәреплеме ҳәрекет етилиўши 2 полосалы 2 автомобиль жолына ажыратылған еди. Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, кеӊейтиў жумыслары жүргизилмекте. Басқарманыӊ Техникалық қадағалаў бөлими бас қәнигеси Фархад Мадияровтыӊ хабарына бола бүгинги күнде 4Н-36 жолы ени 7,5 м. ҳәм 9 […]

Нөкис районы аймағындағы автомобиль жолында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылды

Нөкис районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Республикалық әҳмийеттеги 4Р-175 автомобиль жолының 3-4-км аралығында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылмақта. Быйылғы жылы Нөкис районы аймағында 9338 кв.метр автомобиль жолларында күнделикли оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, бүгинги күнге шекем 3920 кв.метр автомобиль жолларында оңлаў жумыслары жуўмақланды.

Беруний районы ишки хожалық жолларында қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылмақта

Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы Наўайы МПЖ аймағындағы Оқытыўшылар көшесиниң оңлаўға мүтәж 0,4 км. аралығына жаңадан асфальт төселип, Пил қала тарыйхый естелигине алып барыўшы автомобиль жолында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылды. Быйылғы жылы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша район көлеминде ишки жолларға кириўши жәми 82 көше автомобиль жолында оңлаў […]

Нөкис-Хожели автомобиль жолында қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта

Республикалық әҳмийеттеги 4 Р-174 автомобиль жолының 4-11-км аралығында қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хызметкерлери автомобиль жолында реконструкция жумысларының сапалы жүргизилиўинде қызғын мийнет етпекте. Айтып өтиў орынлы, 4 Р-174 автомобиль жолы Әмиўдәрья дәрьясының оң жағалығы ҳәм шеп жағалығын байланыстырыўшы тийкарғы жоллардан есапланады. Буннан алдын 4-Р 176 автомобиль жолынында реконструкция […]

Қоңыратта жоллар тегисленип атыр

Қоңырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы А.Ахунбабаев ДФХ ишинен өтиўши 4-Н 15-Т автомобиль жолының 1-2-км аралығында ҳәм 4-Н 36 автомобиль жолында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Бунда автомобиль жолы тегисленип, автомашиналар жүриўи ушын жарамлы жағдайға келтирилмекте. Айтып өтиў орынлы алыс аймақлардағы автомобиль жоллары, аўылларды бир-бири менен байланыстырыўшы жолларда оңлаў жумысларын жүргизиўдиң […]

Қарақалпақстан автомобил жолларында қанша көпир бар?

Қарақалпақстан Республикасы аймағында бүгинги күнде улыўма 1579 көпир бар болып, соннан: Халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолларында – 61; Мәмлекетлик әҳмийетке ийе автомобиль жолларында – 193; Жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жолларында – 527; Қала ҳәм аўыл ишки жолларында – 798 көпир бар.

Тахтакөпирде 342 млн сўмлық көпир қурылды, ол қандай көпир?

Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында 184 шаңарақта 1068 пуқара жасап атырған болып, аймақ турғынларының “Бозжап” каналынан өтиўи ушын узынлығы 72 м. улыўма баҳасы 342 млн сўм болған пиядалар кѳпири қайта қурылды. Буннан тысқары, аймақта “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Тахтакөпир районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен TQK122 орайлық кѳшеси – […]

Шоманай районы орайындағы көше жаңадан асфальтланды

Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар карханасы тәрепинен район орайынан өтиўши Ажинияз көшесине жаңадан асфальт төселди. Буннан тысқары Таза базар МПЖ аймағындағы Бахытлы көшесине де асфальт төселип, жоллар тегисленди. Айтып өтиў орынлы, Әжинияз көшесиниң бойында 2 билимлендириў мектеби, Районлық халық билимлендириў бөлими, Агро банк имәраты, пуқаралар турақ-жайлары ҳәм басқада обьектлер жайласқан болып, районлық медицина бирлеспесине де усы […]

1-июнь халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Республикамыз бойынша кең түрде белгиленбекте.

Байрам мүнасибети менен Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, район ҳәкими Айбек Тажетдиновлар 24-санлы көп тармақлы қанийгелестирилген МШБШне барып бақша тәрбияланыўшыларын 1-июнь Ҳалқаралық – балаларды қорғаў күни менен кўтлықлап, байрам саўғаларын тапсырды. Илаж даўамында мийманлар район аймағындағы «Shimbay Golden park»де болып, байрам мүнәсибети […]

ҚМУ студентлери әмелиятта

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң архитектура факультети автомобиль жоллары ҳәм аэрадромлар қәнигелиги 2-курс студентлери Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасында өндирислик әмелиятын баслады. Студент-жаслар тараў қәнигелери тәрепинен исленип атырған жоллардағы жеңил оңлаў, қайта оңлаў жумыслары, сондай-ақ, автомобиль жолларын сақлаў менен байланыслы жумыс процеслери менен жақыннан танысты. Теорияны әмелият пенен байланыстырыўда өндирислик әмелияттың тутқан орны айрықша. Бул бағдарда […]