Ел ағасы Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бойынша қандай пикир билдирген еди?

Қарақалпақстан Автомобиль жоллары тарийхы бойынша айырым пикирлер Ел ағасы, ҳүрметли нураный, сиясий-жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камалов өзиниӊ еске түсириўлери жыйнағы болған «Ел хызметинде» китабында республикамыздағы тийкарғы автомобиль жоллары қурылысы бойынша пикир билдирген. Китаптыӊ (Үшинши басылым) 17-бетинде төмендегише сөз етиледи. «1956-жылдыӊ июнь айынан 1958-жылдыӊ июнь айына шекем Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль транспорты ҳәм тас жоллары министри болып иследим. […]