Нөкис үлкен айланба жолында миллий қара үйимиз шаӊарағы, қошқар мүйиз нағыс ҳәм палма тереги көриниси сәўлелендирилмекте

Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 “Нөкис қаласы-Шымбай-Тахтакөпир” автомобиль жолының 14,3 км.де (үлкен айланба жолында) миллий қара үйимиз шаӊарағы, қошқар мүйиз нағыс ҳәм палма тереги көриниси сәўлелендирилмекте. “Қорақалпоқ йўлкўкалам” УК тәрепинен айланба жолы ландшафт дизайнын еледе көркейтиў мақсетинде 5 000 дана шығыс туясы егилген болып, усы автомобиль жолыныӊ 14-16 км аралығына 2300 дана қара ағаш нәллери […]