МҮРӘЖАТЛАР ИТИБАРДА
Ҳәммемизге белгили, жақында Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласы “Қаратаў” МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерген еди. Онда бир қатар машқалалар сынға алынып, соның ишинде жол мәселеси бойынша да мүрәжатлар болды. Мүрәжатта “Қаратаў” МПЖ аймағына алып барыўшы 4Н-95 “А–380 автомобиль жолынан (690км)–Қаратаў карьери” автомобиль жолы хәм 4Н-15К “А–380 автомобиль жолынан (699км) […]