А-380 автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумыслары алып барылады
Бүгинги күнде халықаралық байланысларды беккемлеўде автомобиль жолларының әҳмийети артып бармақта. Қарақалпақстан аймағынан өтиўши А-380 жолының да мәмлекетимиздиң қоңсы еллер менен байланысын буннан былайда жетилистириўде әҳмийети үлкен есапланады. Ҳәзирги ўақытта халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумыслары алып барылыўы режелестирилмекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәм […]
Автомобиль жолларына өзбасымшалық пенен зыян жеткериў жуўапкершиликке тартыўға себеп болады
Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 147-статясына муўапық, жолларда, темир жолдан өтиў орынларында, жол ҳәрекетин тәртипке салыўшы басқа қурылмалар яки техникалық қуралларға зыян жеткериў, сондай-ақ, жол ҳәрекетин қасттан, усы қатарда жол қапламасын патасландырыў жолы менен кесент етиў, жәнеде автомобиль жолларын өзбасымшалық пенен қазыў, оларда жасалма бийтегисликлер ҳәм тосықлар жаратыў, автомобиль жолында жумысларды әмелге асырыў ушын […]