Беруний районында ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылып атыр
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша жумыслар орынларда қызғын түрде алып барылып атырған болып, бул бойынша ишки хожалық жолларында күнделикли оӊлаў жумыслары есабынан қум-щебен араласпасы – ЩПС ҳәм асфальт төселип атыр.Беруний районы Беруний АПЖ аймағындағы 17 көшеде мәмлекетлик бағдарлама тийкарында қурылыс-оӊлаў жумыслары жүргизилиўи режелестирилген болып, бүгинги күнде бул бағдардағы жумыслар қызғын.Буннан тысқары, Абай АПЖ […]
Жол қурылысына жумсалған ҳәр бир сўм жәмийетшилик қадағалаўында болады
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған автомобиль жоллары тараўында қаржылық ашықлық ҳәм жәмийетшилик алдында есаплылықты тәмийнлеўге қаратылған Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбары додалаў ушын regulation.gov.uz порталына жайластырылды. Бул ҳаққында Әдиллик Министрлиги жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар берди. Қарар менен төмендеги жаӊалықлар енгизилиўи күтилмекте. Ҳәмме ушын ашық болған «Ашық айдын жол» онлайн мәлимлеме платформасы ҳәм […]
Наўқанбағ ҳәм Ақжағыс мәкан пуқаралар жыйынлары абат болады
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов Нөкис қаласындағы «Наўқанбағ» ҳәм “Ақжағыс” мәкан пукаралар жыйынларында алып барылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеӊбериндеги жумыслар менен танысты. Өткерилген илажда Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев, сектор басшылары, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, тараў қәнигелери қатнасты. Онда мәмлекетлик бағдарлама бойынша мәкан пуқаралар […]
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы әмелде
Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов Хожели районындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген «Наўрыз» ҳәм «Қумбыз» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс, абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумыслары менен жақыннан танысты. Өткерилген илажға Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, тийисли тараў қәнигелери қатнасты. Бағдарлама шеӊберинде аймақта бүгинги күнге шекем […]