Ағаш базар алдындағы көше асфальтланып атыр
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылып, күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде ишки-хожалық жолларын оӊлаў белгилеп алынған еди. Усы тийкарда Нөкис қаласы Жеке терек МПЖдағы “60 жыллық” көшесине тийисли қаржылар бағдарланған болып, Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселип […]
Мойнақтыӊ бир катар ишки хожалық жоллары оӊланды
Республикамыздыӊ алыс аймақларыныӊ бири болған Мойнақ районы халқыныӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ абадан турмыс кешириўин тәмийнлеў, мүшкилин жеӊиллетиў ҳәм машқалаларын шешиў жолында ийгиликли жумыслар әмелге асрылып атыр. Айтып өтиў орынлы, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша райондағы Бозатаў, Ҳәким-ата, Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки хожалық жоллардында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы […]
Берунийдеги Кат көшеси 2 полосалы жолдан 4 полосалы жолға айландырылып атыр
Беруний районы аймағындағы Кат көшеси реконструкция обьекти сыпатында режеге киргизилген болып, бүгинги күнде қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етпекте.Алдын 2 полосалы, ени 6 метр болған автомобиль жолы кеӊейтилип, 4 полосалы, ени 15 метрли жолға айландырылып атыр. Жойбар сметада 5,2 км автомобиль жолы қайта қурылыўы белгиленген ҳәм ҳәзирги ўақытта жолдыӊ 2,5 км бөлегинде қурылыс-оӊлаў жумыслары Беруний районы жоллардан […]
Ислам раўажланыў банки Қарақалпақстанда «Абат аўыл» бағдарламасы ушын қаржы ажыратады
Бул ҳаққында kun.uz Қарақалпақстан басылымы хабар берди. 1-4-сентябрь күнлери Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында Ислам раўажланыў банки (ИРБ) басқарыўшылар кеӊесиниӊ жыйналысы болып өтти. Онда ағза мәмлекетлер арасында улыўмалық баҳасы 1,2 миллиард АҚШ долларына теӊ 30 қаржылық келисимге қол қойылды. Соннан 330 миллион долларына теӊ қаржы Өзбекстан мәплерин гөзлеген түрде жумсалады. Соннан, «Абат аўыл» бағдарламасы шеӊберинде Қарақалпақстан […]