Халықты дизимге алыў тәртиби
Халықты дизимге алыў – бул мәмлекет халқының белгили бир ўақыттағы «фотосүўрет»ин алыў имканын бериўши улыўма мәмлекетлик дәрежесиндеги кең көлемли илаж болып, халық ҳаққындағы исенимли хабар дереги есапланады. Бул процесс үш басқышта әмелге асырылады. Биринши басқыш – таярлық көриў басқышы болып. Бул басқыш үш жылға жақын ўақыт даўам етеди. Таярлық процессиндеги ең зәрүрли мәселе, халықты дизимге […]
Шымбай орайынан өтиўши жолда реконструкция жумыслары даўам етпекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-98 санлы қарарына тийкар Шымбай районы аймағынан өтиўши республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 «Нөкис -Шымбай -Тахтакөпир» автомобиль жолыныӊ 58-63 км аралығында реконструкция жумыслары алып барылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары […]
Берунийдеги Кат көшеси бойына 3 000 түп тертек нәли отырғызылады
Берунийдеги Кат көшеси бойына 3 000 түп тертек нәли отырғызыладыӨткен 2021-жылда Беруний районындағы Кат көшесинде Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен қайта қурыў жумыслары шеӊберинде кеӊ көлемли қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылған болып, улыўма 5,2 км автомобиль жолы жаӊадан қурып питкерилди. Бәҳәрги егис мапазы шеӊберинде автомобиль жолы бойларында жасыл аймақларды пайда етиў, көкилемзарластырыў жумыслары баслап жиберилген […]
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў процесслериниң дәслепки нәтийжелери ҳәм тийкарғы илажға усыныслар
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьде «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы 710-санлы қарарына муўапық 2021-жыл 1-25 ноябрь күнлери Әндижан ўәлаятының Хожаабад районы, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районы, Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласы ҳәм Ташкент қаласының Яшнаабад районында сынаў тәризинде халықты дизимге алыў иләжы өткерилди. Халықтың интернет тармағы арқалы дизимнен […]
Нөкис үлкен айланба жолында миллий қара үйимиз шаӊарағы, қошқар мүйиз нағыс ҳәм палма тереги көриниси сәўлелендирилмекте
Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 “Нөкис қаласы-Шымбай-Тахтакөпир” автомобиль жолының 14,3 км.де (үлкен айланба жолында) миллий қара үйимиз шаӊарағы, қошқар мүйиз нағыс ҳәм палма тереги көриниси сәўлелендирилмекте. “Қорақалпоқ йўлкўкалам” УК тәрепинен айланба жолы ландшафт дизайнын еледе көркейтиў мақсетинде 5 000 дана шығыс туясы егилген болып, усы автомобиль жолыныӊ 14-16 км аралығына 2300 дана қара ағаш нәллери […]
Водниктиӊ бас көшесине асфальт төселип атыр
Хожели районы Жайхун МПЖ (Водник) аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4 Н-17 А автомобиль жолыныӊ 0-2-км аралығында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып атырған болып, оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселип атыр. Айтып өтиў орынлы, 4 Н-17 А автомобиль жолы республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-174 автомобиль жолыныӊ 8-км.нен (ҳәзирги Хожели жазыўы) басланып, Водниктиӊ ишки тәрепине шекем кирип барады. […]
«Алпысыншы жылға шекем республикамызда тек 164 километр асфальт жол бар еди» – Ел ағасы
Қарақалпақстан Автомобиль жоллары тарийхы бойынша айырым пикирлер Биз жақында Ел ағасыныӊ автомобиль жоллары тарийхынан пикирлери бойынша мақала жәриялаған едик. Бул мақалада да автомобиль жоллары қурылысы тараўыныӊ өткен әсирдеги менен сыбайлас бүгинги күндеги қурылыс-жумыслары бойынша сөз етемиз. Ел ағасы өз китабында өткен әсирдеги автомобиль жоллары картинасын былайынша сүўретлейди. «Биз қатарлы азаматлар алпысыншы жылларға шекем Қарақалпақстанныӊ жол […]