Жол бойларындағы терек нәллери тамшылатып суўғарылмақта
«Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларын көкилемзарластырыў жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда, жол бойларында жасыл аймақларды пайда етиў мақсетинде декоратив терек нәллерин отырғызыў жумыслары даўам еттирилмекте. Бунда можжевельник, шығыс туясы, япон сафорасы, катальпа, ясин, қайрағаш, тут, клён, акация, павлония, сексеўил, қара ағаш сыяқлы терек нәллери, сондай-ақ, қәлемше усылында да жергиликли тал […]