«Қолласқан жүк жерде қалмас»
ямаса Шымбайда қандай жумыслар әмелге асырылып атыр?
Шымбай районындағы «Таза жол» аўыл пуқаралар жыйыны «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилген еди. Бул бойынша тийисли мәкеме-шөлкемлер менен биргеликте халықтыӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ күнделикти турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте. Аймақ шәраятын жақсылаўда Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы да өз үлесин қосып атырған болып, аўыллық ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша […]