Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўды өткериў процесслери ҳәм дәстлепки нәтийжелери бойынша
Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў процесслери төмендеги басқышларда әмелге асырылды: 2021-жыл 1-5-ноябрь күнлери халықты сынаў тәризинде дизимге алыў ушын арнаўлы ислеп шығылған хабар системасы жәрдеминде Интернет тармағы арқалы дизимге алынды. Бул хабар системасында тек-ғана сынаў өткерилиўи белгиленген аймақларда емес, Республикамыздың барлық аймақларында жасаўшы ҳәм басқа мәмлекетлерде ўақтынша болып турған республикамыз пуқаралары ушын ҳәм системаға кирип, […]