Халықаралық байланысларды жетилистириўде автомобиль жолларының әҳмийети оғада үлкен.
Усы жылдың 12-июль күни Қоңырат районында халықаралық әҳмийетке йие А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумысларының басланыўына арналған презентациясы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, Қоңырат районы ҳәкимлиги жуўапкер ўәкиллери, […]