Төрткүл районында халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолы асфальтланбақта
Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 552-604-км. аралығыныӊ эксплуатация жумыслары, күнделикли оӊлаў, сақлаў жумыслары Төрткүль районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Усы жолдыӊ 589,9-590,7-км.лери бүгинги күнде оӊлаўға мүтәж жағдайға келип қалған болып, кәрхана тәрепинен усы жылдыӊ март айынан баслап, оӊлаў жумыслары баслап жиберилген еди. 2021-жыл ушын күнделикли оӊлаў жумысларына ажыратылған қаржы есабынан […]