Мәмлекетлик бағдарлама әмелде
Усы жылдыӊ 23-июнль күни Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген «Беруний» ҳәм «Абай» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс, абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Беруний районында болды. Мәмлекетлик бағдарламалардыӊ орынланыўы бағдарындағы жумыслар бойынша өткерилген илажда Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, […]