Хожели районында жаӊадан асфальт басылды

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» мәмлекетлик бағдарламараныныӊ орынланыўы бойынша Хожели районында да жумыслар қызғын түрде алып барылымақта. Райондағы ишки хожалық жолларына кириўши аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы автомобиль жоллары бүгин жаӊа көриниске ийе болып атыр. Бағдарламаға киргизилген жоллар оӊланып, тегисленип, тийисли эксплуатация жумыслары толайым орынланып атырған болса, асфальт төсеў ушын таярланған көшелерде грунт жумыслары, […]

Кегейлидеги Абат АПЖ ишки жоллары оӊланып атыр

Кегейли районы аймағында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларыныӊ орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ишки хожалық жолларында оӊлаў ҳәм тегислеў жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда бағдарламаға киргизилген автомобиль жоллары тегисленип, грунт ҳәм ЩПС төсеў жумыслары жүргизилмекте. Жақында Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы «Абат» аўыл пуқаралар […]

Кегейли районы аймағындағы 4Р-178 автомобиль жолына асфальт төселди

Кегейли районы аймағындағы республикалық әҳмийетке ийе 4Р-178 автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда усы жолдыӊ 8,8 км.де жайласқан Кегейли каналыныӊ көпир үсти ҳәм көпирге жақынласыў бөлеги (подход к мосту) автомобиль жолында фрезалаў жумыслары (қырып алыў) алып барылып, жаӊадан асфальт төселди. Сондай-ақ, бүгинги күнде усы автомобиль жолыныӊ 9-10 км. аралығында асфальт төсеў жумыслары […]

Мәмлекетлик бағдарлама әмелде

Усы жылдыӊ 23-июнль күни Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген «Беруний» ҳәм «Абай» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс, абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Беруний районында болды. Мәмлекетлик бағдарламалардыӊ орынланыўы бағдарындағы жумыслар бойынша өткерилген илажда Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, […]

«Қарақалпақ автожол кубогы» болып өтти

Усы жылдың 18-июль күни Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ҳәм оның қурамындағы мәкеме ҳәм кәрханалар арасында спорттың киши футбол түри бойынша «Қарақалпақ автожол кубогы» ойынларының финал басқышы болып өтти. Финалда улыўма 18 команда ишинде теңсиз деп табылған Бозатаў районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм Қанлыкөл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы беллести ҳәм Бозатаў […]

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары әмелде

Қанлыкөл районы аймағында мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде қурылыс оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары қызғын түрде алып барылмакта. Райондағы «Жайҳун» ҳәм Қанлыкөл АПЖ аймақларындағы жумыслар бойынша Қарақалпақстан телеканалы арқалы берилген репортажда кеӊирек сөз этиледи. https://www.youtube.com/watch?v=nx_FGXn-vGI

Мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта

Шоманай районы Айбүйир мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Сарманбайкөл аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында Өзбекстан Республикасы Президенетиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар алып барылып атыр. https://www.youtube.com/watch?v=fo2Fec8aE9M

Төрткүл районында халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолы асфальтланбақта

Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 552-604-км. аралығыныӊ эксплуатация жумыслары, күнделикли оӊлаў, сақлаў жумыслары Төрткүль районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Усы жолдыӊ 589,9-590,7-км.лери бүгинги күнде оӊлаўға мүтәж жағдайға келип қалған болып, кәрхана тәрепинен усы жылдыӊ март айынан баслап, оӊлаў жумыслары баслап жиберилген еди. 2021-жыл ушын күнделикли оӊлаў жумысларына ажыратылған қаржы есабынан […]

Халықаралық байланысларды жетилистириўде автомобиль жолларының әҳмийети оғада үлкен.

Усы жылдың 12-июль күни Қоңырат районында халықаралық әҳмийетке йие А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумысларының басланыўына арналған презентациясы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, Қоңырат районы ҳәкимлиги жуўапкер ўәкиллери, […]

Шоманайда Әмир Темур көшесине жаӊадан асфальт төселди.

Шоманай районы орайындағы Жаӊабазар МПЖ аймағында жайласқан Әмир Темур көшесинде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, ишки хожалық жолы тегисленди ҳәм қара қаплама төселди. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламалары орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Шоманай районында бир қанша жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда Айбүйир МПЖ аймағындағы 4,6 км. ишки хожалық жолында  оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген […]

  • 1
  • 2