Мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде ўазыйпалар белгилеп алынды
Шоманай районы Айбүйир мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеўге арналған көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов қатнасты. Сондай-ақ, өткерилген илажда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, […]
Хожели районы көшелери тегисленип атыр
Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен бүгинги күнде район аймағындағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәкан” бағдарламаларына киргизилген көшелерде оӊлаў жумыслары қызғын түрде алып барылмақта. Атап айтқанда Наўрыз АПЖ аймағындағы 14 көшеде оӊлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. АПЖ аймағындағы Қыят ҳәм Мақтумқулы көшелеринде тегислеў ҳәм асфальт асты грунт жумыслары жуўмақланып, асфальт төсеў ушын таяр жағдайға […]
«Абат аўыл» ҳәм «Абад мәкан» бағдарламалары әмелде
Қаратаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Төрткүл районы аймағында «Абат аўыл» ҳәм «Абад мәкан» бағдарламалары тийкарында автомобиль жоллары ҳәм ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Жақында Беруний МПЖ аймағындағы «Севинч», Мустақыллық МПЖ аймағындағы Х.Алимжанов, Истиқлол МПЖ аймағындағы «Заманжаш» ҳәм Марзаобот МПЖ аймағындағы Ш.Рашидов көшелеринде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылды. Оӊлаў жумыслары шеӊберинде жоллар ЩПС […]
Жол сызылмалары жаӊаланбақта.
А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 698-717 км. аралығында жол сызылмалары жаӊаланып атыр. Жол транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў, сондай-ақ, автомашиналардыӊ емин-еркин қәўипсиз ҳәрекет етиўи ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел еткен түрде транспортты басқарыўында жол белгилери менен бир катарда жол сызылмаларыныӊ да әҳмийети үлкен есапланады.
- 1
- 2